Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қоңырат районлық бөлимлери хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда “Темир дәптер”ге киргизилген, материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын район аймағынан қурылып атырған турақ жайдан бирин гезексиз алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, пуқара Т. арза ийесиниң исенимине кирип, оған 3000 АҚШ долларына район ҳәкимлигинде ислейтуғын таныслары арқалы жоқарыда атап өтилген турақ жайдан алып бериўди ўәде етеди. Райондағы Азатлық мәкан пуқаралар жыйыны аймағында алдаўшылық жолы менен 3000 АҚШ долларын алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 3000 АҚШ доллары айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша Департаменттиң Қоңырат районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы (алдаўшылық) 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы