5-май –  Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры

Ибрайым ЮСУПОВ туўылған күн

 

Тәңирим, инсап бер өз бенделериңе,

Бул барыстан нешик заман болар?

Дәрт жамалып кеўиллердиң шерине,

Дәўир дағдарыстан аўара болар.

 

Ақыллар тубалап, болып арсары,

Ким не айтса, аўып журттың аңсары,

Малын пуллап бийинсаплық базары,

Ҳәр кимниң кеўлинде бир нама болар.

 

Кимлер ҳийле менен шалқып жатажақ,

Пулға өтсе жоқ ийманын сатажақ.

Мүриўбет таңлары қашан атажақ?

Журттың бир әрманы сол ғана болар.

 

Тәкаббырлық иллетине шатылып,

Күшлилер әззиге дизе батырып,

Арзан сөзлер қымбатына сатылып,

Бийдай нанның изи зағара болар.

 

Қырмызы қан ағып асқар таўлардан,

Абыл-Қабыл түскен питпес даўларға,

Аналар перзентин берип жаўларға,

Ботасыз бозлаған әрўан болар.

 

Тәңирим, сен билерсең заманның сырын:

Пейил азса, ығбал кетерлер қырын.

Кеўиллерге қуйсаң мүриўбет нурын,

Инсан бир-бирине пәрўана болар.

 

Жүрек жанса, ышқы отында жансын,

Ашықлар уйқысын бузып оянсын,

Таянса, аналар бесик таянсын,

Балдақ таянғанлар бийшара болар.

 

Отлар жанса, жансын ошақта гүрлеп,

Атлар шабар болсын байраққа терлеп.

Ким қолын жылытса урыс отын үрлеп,

Қарғысқа ушырап, гиряна болар.

 

Усласса, палўанлар жаға услассын,

Тасласса, қошқарлар гелле таслассын.

Урысса, қоразлар ғана урыссын,

Адам урысқан жерлер ўайрана болар.

 

И.Юсупов.

Октябрь, 1992-жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги