Хожели районындағы «Туран» мәдений дем алыў бағының ашылыў салтанаты болып өтти.

Илажда район ҳәкими Дәрьябай Қайпов, 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң директоры Светлана Сон ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халықтың мәдений дем алысын шөлкемлестириў, мәденият ҳәм дем алыў бағларының материаллық–техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011- 2015-жылларда мәденият ҳәм дем алыў бағларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардың хызметин буннан былай да жетилистириў илажлары бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары шеңберинде белсендилер менен өткерген мәжилис протолына муўапық республикамызда 19 мәденият ҳәм дем алыс орайын шөлкемлестириў белгиленген еди.   Өткен дәўир ишинде бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылды.

Соның ишинде райондағы «Туран» мәдений дем алыў бағына «Davlatnazar oromgohi» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Қытай Халық Республикасынан 10 дана заманагөй аттракцион алып келинди. Соннан сегизи пайдаланыўға тапсырылған болса, қалған екеўи жақын күнлерде иске түсириледи. Бул «Миллий банк»тен алынған 3 миллиард 800 миллион сум жеңилликли кредит есабынан әмелге асырылды. Нәтийжеде 25 жаңа жумыс орны жаратылды.

Усы күни бәрше балаларға, соның ишинде «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшыларына, кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине бийпул хызмет көрсетилди. Районның көркем өнер шеберлериниң, «Таң жулдызлары» ансамбли ағзаларының қосық ҳәм аяқ ойынларына жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады.

Еслетип өтемиз, «Davlatnazar oromgohi» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен пайтахтымыздағы Әмир Темур атындағы Беруний районындағы Беруний атындағы мәдений дем алыў бағларына усындай актракционлар алып келинип орнатылып, бүгинги күни халыққа хызмет көрсетпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.