Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми Ҳиндстанның “QP PHARMACHEM LTD ” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған “Гвайфеназин” сиропының сапасыз серияси бойынша мәлим етти. Мәлим болыўынша , “Гвайфеназин” сиропының сапасыз партиясы Маршалл атаўлары ҳәм Микронезия (Федератив Штатлары ) аймағында анықланған. Австралияның Медициналық буйымларды қадағалаў басқармасы лабораториясында өткерилген анализлер нәтийжеси бойынша , “GUAIFENESIN SYPUP TG SYRUP ” препараты қурамында мүмкин болмаған муғдарда диетиленгликоль ҳәм этиленгликоль йод араласпалары бар екенлиги айтылған.
Мағлыўмат ушын, “Гвайфеназин” препараты дем алыў жолларынан жеңиллестириў ҳәм жөтелди кемейтиў ушын қолланылады. Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы “Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы ” Жәҳән денсаўлықты саўлаў шөлкеминин 4/2023-санлы хабарнамасында жәрияланған усы “Гвайфеназин” сиропы ҳәм оны ислеп шығарыўшы “QP PHARMACHEM LTD” компаниясының басқа дәри препаратлары Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизимнен өткерилмегенлиги ҳәм жерлеслеримиз буған байланыслы қәўетерге түспеўин ескертеди. Ҳәзирги күнде дүньяда сироп менен байланыслы диетиленгликоль ҳәм этиленгликоль контаминациясы жағдайында унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў мақсетинде, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен мәмлекетимиз аймағына кирип киятырған дәри препаратларын сапа жағынан қадағалаў жәнеде күшейтилген.
Фарида Муслатдинова,
ҚМУ дың интернет журналистка
тәлим бағдары 4- курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги