Кишкене балалар арасында сөйлеў менен байланыслы машқалалар көплеп ушырасады. Оған тийкарынан сыртқы факторлар ямаса ата-аналардың итибарсызлығы себеп болыўы мүмкин.
Дислалия сөйлеўдиң кең тарқалған түри болып, бул жағдайда кишкене балалар айырым даўысларды дурыс айта алмаўы ямаса бир даўысты екиншисине алмастырып айтады. Тийкарынан 3-4 жастағы бала өз тилеклерин толық ҳәм анық айта алсада, сөзлерди надурыс айтады.
Дислалияның 2 түрли – функционаллық ҳәм механикалық түрлери бар. Механикалық түрине тийкарынан бала аўызындағы сөйлеў аппаратындағы (тислердиң жайласыўы, жақлардың формасы) кемшиликлер, таңлайдың қолайсыз жайласыўы , қалың ерин себеп болады. Функционаллық дислалияны болса баланың өткир кеселликлерди бастан өткергени, шаңарақта еки тилде сөйлесиў, перзенттиң сөйлеўин надурыс тәрбиялаў, бала менен аз сәўбетлесиў, сөзлерди “балалар тилинде” айтыў жағдайын фонемикаллық еситиўдиң жақсы раўажланбағанлығы сыяқлы факторлар келтирип шығарады.
Функционаллық дислалия 5 жасқа шекем емленбейди. Егер, бала сол дәўирге шекем айырым сөзлерди надурыс айтып атырған болса, оның менен дурыс сөйлесиў арқалы машқаланы сапластырыў мүмкин. Онда кишкене балаға қосық ядлатыў, қосықларды тыңлатыў жақсы пайда береди.
Соның менен бирге, баланың сөйлеўин раўажландырыўда аўыз булшық етлерин күшейтиў жақсы нәтийже береди. Буның ушын кишкен бала гешир, алма, қатқан нан ямаса қақ ерикти жақсы болады.
Фарида Муслатдинова,
ҚМУ дың интернет журналистка
тәлим бағдары 4- курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги