Әнар жер жүзиндеги ең пайдалы мийўелерден бири есапланады. Оны адамлар әййемги заманлардан берли жақсы көрип жейди. Қурамында ҳәр қыйлы витаминлер, бириктириўши тоқымалар, микроэлементлер бар.
Әнар дәнелериниң суўы аскорбин кислотасы (14 %), басқа мийўе кислоталарға, қантқа жүдә бай болып оны организм шаршағанда, кемқанлықта, атеросклерозда, дем алыў жоллары инфекцияларында, ангина, радиоактив нурланыўда ишиў усыныс етиледи.
Сондай-ақ организмдеги элементлер алмасыўын жақсылайды. Егер , оның үштен бир бөлегин сметанаға араластырып, ҳәр күни крем сыпатында қолланылса, ол терини азықландырады ҳәм жасартады.
Фарида Муслатдинова ,
ҚМУ дың интернет журналистка
тәлим бағдары 4- курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги