Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) жумысы менен шуғылланыў ушын мәмлекетлик бажы муғдарларының оптималластырылыўы мүнәсибети менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, телерадиоеситтириў системасын модернизациялаўға, миллий мазмундағы бағдарламаларды таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға, сондай-ақ, тутыныўшыларға заманагөй миллий мазмундағы бағдарламаларды бериў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Қызғын додалаў ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги