Қулпынайдың онкологиялық кеселликлерге пайдасы бар. Бул ҳаққында россиялы диетолог, медицина илимлериниң докторы Михаил Гинзбург мәлим етти. Қәнигениң пикирине бола, жаңадан үзилген қулпынай қурамындағы аскорбин кислотаның жоқары муғдары кверцетин менен биргеликте қан тамырларының жағдайын турақластырады, қан микроциркуляциясын жақсылайды ҳәм мийдиң ислеўине унамлы тәсир етеди.
Мийўе, сондай-ақ, денедеги исиниў процесслерине жедел қарсылық көрсететуғын ҳәм клетка мутациясының қәўпин азайтатуғын флавоноидларға бай. «Қулпынайдың қурамында галловая кислота бар, ол онкологиялық кеселликлерге қарсы тәсирге ийе. Қулпынайды турақлы жеў менен рактиң басланғыш фазасың алдын алыўға болады ҳәм бул ҳәр қыйлы онкологиялық кеселликлерге де пайдалы болады», дейди диетолог, медицина илимлериниң докторы Гинзбург.
Диетолог қулпынайды жегеннен кейин тислерди жуўыў бойынша мәсләҳәт берген. Оның қурамында эмальды жоқ ететуғын ҳәм кариестиң пайда болыўына үлес қосатуғын органикалық кислоталар бар екенлиги себепли қулпынайды жегеннен кейин тислерди жуўыў ҳаққында мәсләҳәт берди .
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Дәрек: интернет материаллары тийкарында таярланды
Қарақалпақстан хабар агентлиги