Көк чайды ҳәр күни ишкенде, инсанды  бир қатар қәўипли кеселликлерде сақлап қалыўы мүмкин деп есаплайды диетологлар. Бул ишимлик, биринши гезекте нервти басыў қәсийетине ийе. Сонлықтан  стресс жағдайында көп аўқат жеўден сақлайды.  Екиншиден, көк чайда көп муғдарда С витамини ҳәм катехинлер бар. Бул витамин организмди грипптен тез тәўир болыўға жәрдем береди.

Катехинлер —  күшли антиоксидант өзгешеликке ийе болған органикалық элементлер болып табылады. Чай қурамындағы катехинлер инсан иммунитетине вирусларға қарсы гүресиўде жәрдем береди. Суўық мәўсимлерде көк чай ишиў пайдалы. Оннан  тысқары, катехинлер капилляр қан тамырлары дийўалларын беккемлейди, рак клеткалары көбейиўиниң алдын алады, склероз кеселлиги пайда болыўына тосқынлық етеди.

Сондай – ақ, қан басымы төмен болған ҳәм  баўыры және ишеклеринде кеселлик бар адамлар көк чайды  ҳәдден тыс көп ишиўге болмайды. Ол организмге зыянын тийгизиўи мүмкин .

 

Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги