Ҳәзирги ҳаўа-райында организмде суў-дуз алмасыўы бузылады, терлеў күшейиўи себепли зәрүрли витаминлер ҳәм минераллар жоғалады.
Организм суўсызланбаўы ҳәм витамин-минералларды сақлап турыўы ушын төмендеги өнимлерди пайдаланыў керек:
-Мийўелер
-Палыз егинлер ҳәм олардан таярланатуғын салатлар
-Собықлы өнимлер (лобия, маш)
-Қайнатылған гөшли тағамлар
-Қайнатылған сорпа , мәшаба , манпар сыяқлы жеңил аўқатлар
-Қаўын -ғарбыз
Ыссы ҳаўа-райында ашшы, шор ҳәм дузли тағамларды, өнимлерди пайдаланбаўды мәсләҳәт етеди.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги