Telegram социаллық тармағының тийкарын салыўшысы Павель Дуров өзиниң ВКонтакте тармағындағы жеке бетинде Россияда мессенджердиң блокланыўына түсиник берип, бул қарардың үш унамсыз ақыбетин айтып өтти. Бул ҳаққында Xabar.uz сайты хабар берди.

Бириншиден, оның пикиринше, бул 15 миллион россиялының турмысын аўырластырады. Екиншиден, елдеги террор қәўпи алдынғы дәрежеде қала береди.

«Россиядағы террор қәўпи алдынғысындай болып қала береди, себеби экстремистлер басқа мессенджерлердеги шифрланған байланыс каналлары ямаса «VPN»нен пайдаланыўда даўам етеди», – деп жазған Дуров.

Үшиншиден, бул Россияның миллий қәўипсизлик дәрежесиниң төменлеўине алып келеди.

«Россиялылардың жеке мағлыўматларының бир бөлеги Россияға нейтрал болған аймақтан АҚШтан қадағаланатуғын басқа аймақларға – WhatsApp/Facebookқа өтип кетеди», – деп өз пикирлерин жуўмақлаған Павель Дуров.

Алдынырақ Дуров тез арада мессенджерде блокты шетлеп өтетуғын ишки усыллар иске қосылыўын да мәлим еткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.