Жақында Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы кафедрасының ассистент оқытыўшысы Ж.Султанов, факультет тюторы Ж.Юсупов ҳәм студент-жаслар менен биргеликте Қаратаў етегиндеги Султан Ўайс баба қойымшылығына зыярат ҳàм Әмиўдәрьяның оң жағалығындағы Шылпық тарийхый естелигине саяхат шөлкемлестирилди.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде институт тәрепинен тарийхый орынларға саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте,-дейди институттың баспасөз хаткери М.Пирниязова.
Дәслеп студент жаслар Султан Ўайс баба қойымшылығын зыяратлады. Соң Шылпық тарийхый естелигине саяхаты даўамында үлкемиздиң тарийхый орынлары, ата-бабаларымыздың жасаған дәўири ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги