“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлими тәрепинен “Абат мәҳәллем” жойбары тийкарында пуқаралар жыйынларында тазалықты тәмийинлеў, пуқаралардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Жойбардың ис-режеси бойынша өткерилип атырған ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм таңлаўлардан гөзленген мақсет – аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, қоршаған орталықтың тазалығына үлес қосыўдан ибарат.

“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлиминиң баслығы Баҳадыр Балтабаевтың басшылығындағы топар ағзалары Қыпшақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жумыслар менен танысты. Дәслеп  “Қорақалпоқйўлкўкалам” унитар кәрханасының ағзалары, Қыпшақ тоғай хожалығы хызметкерлери тәрепинен исленип атырған жумысларды барып көрди. Бекберген Тилеўбаев, Ҳамро Чутбаевтың қыйтақ жерлериндеги ыссыханаларда ерте писер мийўе ҳәм палыз өнимлери, бағман Толыбай Худайбергеновтың бағында алма, жүзим ҳәм басқа да мийўелерге тәрбия берилмекте. Пуқаралар жыйынының белсендиси Мадрим Наметов қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў бойынша аўылдағы соңғы өзгерислерди толқынланып айтып берди. Үйшин мәҳәллесиндеги Аманбай Жалалов шаңарағындағы ыссыханада түрли гүллер жетистириледи.



“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлиминиң баслығы Баҳадыр Балтабаевтың атап өткениндей, әмелге асырылып атырған “Абат мәҳәллем” жойбары тийкарында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий бағдарламасы бойынша Толқын, Қумёп, Чайкөл, Қылышбай,  Бабур аўылларында ҳәм  Фаровон мәҳәллесинде “Мәҳәлле бағы”н жаратыў нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги