Әмелдеги нызамшылық талабына муўапық  республикамыздың аймағына физикалық шахслар тәрепинен алып кирилетуғын улыўма салмағы  65 граммнан көп болмаған баҳалы металлар ҳәм таслардан исленген зергерлик буйымлары бажыхана төлемлерине тартылмаслығы белгниленген.

Усы нормадан артық бөлегине болса бажыхана төлемлери өндириледи. Айырым жағдайларда мәмлекет бюджетине төлениўи тийис болған бажыхана төлемлеринен қашыўға урынатуғынлар да ушырасып турады.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт-ата” шегара бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен Қазақстан Республикасынан мәмлекетимиздиң аймағына  “Cobalt” маркалы автомашинада кирип келген пуқара қалыслардың қатнасында жеке тексериўден өткерилгенде, бажыхана хызметкерлериниң аўыз еки сораўында айтылмаған  ҳәм жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген, үстиндеги кийимине жасырылған жәми салмағы  131 граммға тең болған алтын ломлары ҳәм алтыннан исленген зергерлик буйымлары бар екенлиги анықланды. Дәслепки сораўларға қарағанда бул баҳалы таслардан исленген буйымлардың  улыўма баҳасы 65,5 миллион сумға тең болмақда.

Усындай тағы бир жағдайда, “Даўыт-ата” шегара бажыхана постына қоңсы мәмлекетлерден кирип келген “Lada Largus” маркалы автомашина бажыхана тексериўинен өткерилгенде, улыўма салмағы 273,6 граммға тең болған, дәслепки сораўға қарағанда баҳасы 136,8 миллион сумга баҳаланған баҳалы металлдан исленген зергерлик буйымлары ҳәм товар материаллық байлықлардың бар екенлиги анықланды.

Бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги