Сингх ПАРМЖИТ, Азия-тыныш океаны технология ҳәм инновациялар университетиниң баслығы:

– Өзбекстанға буннан он жыл алдын келген едим, усы арада мәмлекет бираз раўажланғанының гүўасы болдым. Референдум өткериўге себеп болған жаңаланған Өзбекстан Конституциясында инсан факторы биринши орынға қойылғаны итибарға ылайық. Референдум өткериўге жақсы таярлық көрилген. Пуқаралардың еркин қатнасыўы ушын барлық шараятлар жаратылғанын көрдим. Әҳмийетлиси, халық референдумда белсене қатнасып атырғаны бақланды.

Дин СЯОСИН, Қытай заманагөй халықаралық қатнасықлар академиясы Евразия институтының директоры:


– Өзбекстан жаңа ҳәм үлкен раўажланыў жолына қәдем тасламақта. Бул процессте, әлбетте, заман талабына жуўап беретуғын жаңа Конституция керек. Усы жағынан мәмлекеттиң Тийкарғы нызамының қайта ислеп шығылғаны дурыс жумыс болған. Референдум участкаларында болып, шөлкемлестириўшилик жумыслар жақсы жолға қойылғанына гүўа болдым. Пуқаралардың еркин даўыс бериўи ушын шараятлар барлық жаратылған.

Муҳаммад ТОҲИР ХОН, «Daily Times» газетасының редакторы (Пакистан):


– Журналист сыпатында Өзбекстандағы сиясий процесслерди бәрқулла бақлап бараман. Мәмлекетиңиз ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанын атап өтиўди қәлер едим. Әсиресе, кейинги жылларда инсан мәпи принципине итибар күшейтилди. Оған мәмлекеттиң Тийкарғы нызамында да айрықша әҳмийеет берилген. Референдум халықаралық талапларға муўапық өткерилмекте. Бир неше референдум участкаларында болып, халықтың қалай даўыс берип атырғанын тиккелей бақладым. Ҳәмме емин-еркин даўыс бермекте. Әҳмийетлиси, участкаларда даўыс бериўшилер ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.

Дмитрий АЛЕЙНИКОВ, ҒМДА бақлаўшылар миссиясының ағзасы, Беларусь Республикасы Гомель ўәлаяты атқарыў комитети баслығының орынбасары:

– Референдумды өткериў ҳәм оған таярлық процесслерине жоқары баҳа беремиз. Ўәлаят комиссиясы ҳәм референдум участкалары жуўапкерлериниң билим дәрежеси жоқары. Елиңизге де, Самарқанд қаласына да абаданлық, тынышлық ҳәм жақсылық тилеймиз!

Пьер-Эммануэль Томанн, халықаралық бақлаўшы (Бельгия):

– Мәмлекеттиң раўажланыўы, халықаралық майдандағы имиджин белгилеп беретуғын бас нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип атырғаны ҳеш кимди бийпәрўа қалдырмағанына гүўа болдық. Әсиресе, жаслардың үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны әҳмийетли. Ферғанадағы бир қатар референдум участкаларында усындай белсендиликти көрип қуўандық.

Александр ДАНЧЕНКО, ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының ўәкили:

– Референдумды өткериўге байланыслы шөлкемлестириў жумыслары жоқары дәрежеде. Соның ушын халық участкаларда машқаласыз, еркин өз тилегин билдирмекте. Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси депутаты сыпатында жумыс алып бараман. Сол себепли ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының бақлаўшылары қатарына киргизилгенмен. Бақлаўшыларға да барлық шараят жаратылған. Орайлық сайлаў комиссиясы қәлеген барлық мәлимлемемизди усынбақта. Әҳмийетлиси, адамлар референдумда белсендилик көрсетпекте. Олар өз келешеги жақсырақ болыўы ушын, буны түсинген ҳалда илажда қатнасып атырғаны сезилип тур.

Таҳир ФАРУК, «Daily Ittehad» газетасының бас редакторы (Пакистан):


– Өзбекстанда болып өткен парламентлик ҳәм президентлик сайлаўларда да қатнасқанман. Бүгинги референдум процесслерин таң азаннан бақлаўды басладық. Мени ең қуўандырған, итибарымды тартқан тәрепи – Өзбекстан жаслары ерте таңнан көтериңки кейпиятта референдум процесслеринде қатнасыўды баслады. Бул жаслардың белсендилигинен, өз келешегине бийпәрўа емес екенинен дәрек береди.

Конституциялық реформалар күтилген, ҳәр қашанғыдай нормативлик процесс болып есапланады. Ҳәр бир мәмлекеттиң Конституциясы сол мәмлекетке хызмет етиўи ушын жаратылады. Мәселен, Пакистан Конституциясы 1973-жылы қабыл етилген болып, өткен 50 жыл даўамында оған 28 рет өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

Өзбекстан Президенти лаўазымына кирискен ўақытта өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Конституцияға жаңа өзгерислер киргизилетуғынын айтқан еди. Бүгинги референдум нәтийжелери унамлы жағдайда болады. Оның нәтийжесинде қабыл етилетуғын Тийкарғы ҳүжжет Өзбекстан халқының абаданлығы, ҳүкиметтиң турақлылығына хызмет етеди.

Искандер ГАИПКУЛОВ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми бақлаўшылар миссиясының ағзасы (Қырғызстан):

– 11 референдум участкасында болып, әҳмийетли сиясий процесске пуқта таярлық көрилгенине исендик. Барлық участкаларда шөлкемлестириўшилик жумыслары жақсы жолға қойылған. Ҳәр бир участкада партиялардан, жәмийетлик шөлкемлерден бақлаўшылар процессти тиккелей бақлап бармақта. Референдум комиссиясының ағзалары да жақсы жумыс алып бармақта. Булардың ҳәммеси тек ғана даўыс бериўдиң ашық-айдын өтиўи емес, ал халықтың еркин даўыс бериўине жол ашқан.

Өзбстанның жаңаланып атырған Конституциясында билимлендириўге, исбилерменликке итибар берилгени мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғынын айтып өтиўим керек.

Өз-ара дослығымыз, экономикалық бирге ислесиўимиз және де раўажланады, деген үмиттемен. Кейинги ўақытта Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлери дослығында жаңа ҳәм жарқын бет ашылғанын атап өтсек орынлы болып есапланады.

Сабила МУСТАФИНА, Қазақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы:


– Кәсиплеслерим менен Ташкент қаласы, Самарқанд ҳәм Наўайы ўәлаятларында болып референдумға таярлық процесслери менен таныстық. Таярлық жумыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген. Әҳмийетлиси, халықтың референдумның себебинен хабардарлығы жоқары. Яғный жаңаланған Конституция ҳаққында үгит-нәсият жумыслары жақсы алып барылған.

Ҳуқықлары конституциялық дәрежеде күшейтилгени ушын да халық бул илажда оғада белсене қатнасып атыр. 15 сайлаў участкасында болдық ҳәм даўыс бериў ушын қатарласып гезек күтип турған адамларды көрдик.

Мәмлекет алып барып атырған сиясаттың халық тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны оғада жақсы көрсеткиш. Ҳәзирги, мине, усы фактор мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийинлейди.

Референдум процесслери халықаралық стандартларға муўапық өткерилмекте. Участкаларда болып барлық процесслерди терең бақлаў менен бирге халық пенен де сәўбетлестик, пикирлери менен қызықтық. Оларда ертеңги күнине болған исеним жоқары.

Девид ПАТТОН, «Ameriсan councils» халықаралық шөлкеми президенти (АҚШ):


Бес референдум участкасында болдым ҳәм ҳәммеси бир бапта даўам етип атырғанын тиккелей бақладым. Бақлаўшыларға да жақсы шараят жаратылған. Олар қәлеген участкаға кириўи, процесслер менен тиккелей танысыўы мүмкин.

Бирде-бир нызамбузыўшылықты көрмедим. Адамлар еркин келип, даўыс бермекте.

Өзим билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырғаным себепли Өзбекстанның билимлендириў системасына да итибар қараттым. Жаңаланған Конституцияда әне усы бағдарда көп имканиятлар жаратылып атырғаны мени де қуўандырды. Себеби билимлендириў раўажланса, мәмлекет раўажланады.

Әлбетте, Өзбекстанда бул бағдарда жетискенликлер бар. Бул бағдарда АҚШ пенен де жақсы бирге ислесиў жолға қойылған. Ҳәзиргидей нәтийжели бирге ислесиў бурын ҳеш қашан болмаған.

Масато ХИВАТАРИ, Хоккайдо университети профессоры (Япония):


– Өзбекстандай ғәрезсиз мәмлекет ушын бундай референдум керек. Инсанлардың еркин ҳәм абадан турмысын кепиллеўде Конституцияның орны оғада үлкен ҳәм бул бағдарда исенимли қәдем тасланбақта. Мәселен, дүнья жүзи көлеминде де айқын тән алса болады. Демократиялық мәмлекет сыпатында бул әҳмийетли мәселе есапланады. Ферғанадағы референдум участкалары ерте таңнан даўыс бериўшилер менен толы болды. Пуқаралар институционаллық миннетлемелерин жоқары дәрежеде орынлап атырғанына гүўа болдым.

ӨзА