Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында ОСК Баслығы қатнасыўында брифинг болып өтти. Онда Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев 30-апрель күни болып өткен Өзбекстан Республикасы референдумының дәслепки нәтийжелери бойынша мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, Референдумда сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимине 19 миллион 722 мың 809 даўыс бериўши пуқаралар киргизилген. Сондай-ақ, сырт еллердеги 55 референдум участкаларында 307 мың 895 пуқара дизимге киргизилген. Жәми даўыс бериўшилердиң 16 миллион 673 мың 189 пуқара ямаса даўыс бериўшилердиң 84,54 проценти даўыс берди.
Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары қабыл етилген деп айтыўға тийкарлар жетерли екенлиги атап өтилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА