“Мәмлекет қарызы ҳаққында”ғы нызамға президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен мәмлекетлик шөлкемлердиң мәмлекет қарызын басқарыў тараўындағы кепилликлери белгиленди. Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәмлекет қарызын басқарыў тараўындағы кепилликли уйым есапланады.
Нызамға бола, мәмлекет қарызын басқарыў төмендегилерден ибарат:
мәмлекет қарызын басқарыў стратегиясын ислеп шығыў ; мәмлекет тәрепинен қаржы қосыў; мәмлекет тәрепинен тартылған қаржыларды басқарыў; мәмлекет қарызы менен байланыслы қәўиплерди басқарыў; мәмлекет қарызын реструктуризациялаў ; мәмлекет тәрепинен тартылған қаржыларды қайтадан кредитлеў; мәмлекеттиң кепиллигин рәсмийлестириў ҳәм усыныў; мәмлекет қарызына тийисли шәртнамаларды ҳәм мәмлекет кепилликлериниң дизимин жүргизиў; мәмлекет қарызының есабы ҳәм есабатын жүргизиў; мәмлекет қарызы бойынша хызмет көрсетилиўин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик кепилликлерди орынлаў.
Усыған бола, мәмлекет қарызын басқарыў стратегиясы Министрлер Кабинети тәрепинен фискал стратегия менен биргеликте 3 жыл мүддетке тастыйықланады.
Мәмлекет қарызы ишки ҳәм сыртқы қарызды өз ишине алады ҳәм қысқа (1 жылға шекем), орта (1 жылдан 5 жылға шекем), узақ мүддетли (5 жыл ҳәм одан артық мүддетке) болыўы мүмкин.
Мәмлекет қарызының ең жоқары муғдары улыўма ишки өнимниң жыллық прогноз көрсеткишине салыстырғанда 60 проценттен аспаўы керек.
Нызам 3 ай өткеннен соң күшке киреди.
Уразбаева Гулхатиша,
ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги