Футбол бойынша Франция чемпионатының 33-турынан орын алған бир қатар ойынлар 30-апрель, екшемби күни болып өтти.

“ПСЖ” өз үйинде “Лорян”ды қабыл етти. Ушырасыўдың 15-минутында мийманлар есапты ашты. 20-минутта парижлилер қорғаўшысы Ашраф Ҳакими екинши сары карточкасын алып, майданнан шетлетилди ҳәм “ПСЖ” қалған минутларды бир ойыншы аз болып өткерди.

29-минутта Килиан Мбаппе ортадағы парықты теңлестирди. Биринши бөлимниң жуўмағында “Лорян” және алдыға өтип алды. 88-минутта мийманлар үшинши голын да урды.

“ПСЖ” – “Лорян” 1: 3

Голлар: 0:1 – 15 Ле Фе, 1:1 – 29 Мбаппе, 1:2 – 39 Йонгва, 1:3 – 88 Денг.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги