Буннан бирнеше күн алдын Россия федераллық қәўипсизлик хызметине арнаўлы тексериў кодларын бермей атырғаны себепли Байланысты қадағалаў бойынша Россия федераллық хызмети усы жумыс бойынша судқа мүрәжат жоллағаны көпшилик ғалаба хабар қураллары тәрепинен хабар етилген еди.

Таганск судының суд мәжилисинде мессенджерди блоклаў ҳаққында ҳүким шығарылған ҳәм бул ҳаққында тийисли қарар қабыл етилген еди. Қарар бүгин – 16-апрельден баслап рәсмий түрде күшке кирди, деп хабар бермекте Qalampir.uz сайты.

Қарарға муўапық, 24 саат ишинде Байланысты қадағалаў бойынша Россия федараллық хызмети Россияда Telegramды блоклаў имканиятына ийе болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги