Бул мийўениң инсанның ден саўлығы ушын пайдалы тәреплери , витаминлер, микроэлементлер ҳәм кислоталарға бай. Бирақ , ерикти нормадан артық пайдаланыў зыян. Жоқары қумшекер муғдары себепли ерикти (әсиресе қақланған )пайдаланыў қантлы диабетке шатылғанлардың аўқат сиңириў трактиниң бузылыўына аалып келиўи мүмкин. Ал , ерик өниминиң инсан организми ушын пайдалы тәреплери болса , Жүрек қан-тамыр ҳәрекетин жақсылайды . Ерикте калий элементи бананға қарағанда аз , қақланған ерикте болса микроэлементлерге бай. Сол себепли кардиологлар жазғы рационға бул мийўени киргизиўди мәслаҳәт береди. Күнине тек 100-150 грамм ерик желинсе , жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери қәўипин сезилерли дәрежеде азайтады ҳәм қандағы зыянлы холестерин муғдарын жоқ етиўге жәрдемлеседи .
Баўырдың саламат болыўын тәмийинлейди . Түрк илимпазлары ерикти үзликсиз пайдаланыў стеатоз, яғный майлы баўыр қәўипин азайтатуғынын анықлады.Диетологларда ерикти пайдаланыўды мәсләҳәт береди.
Стресс.С витамини ҳәм токофероллердиң жоқары муғдары себепли жаңа ҳәм қақланған ериклер антиоксидант тәсирине ийе. Косметикада бул мийўеден алынған майлар ҳәм экстрактлар тек ғана териниң пайдасы ушын қолланылып қоймастан , ал пүткил денениң клеткаларында оксидлейтуғын стрессти жеңиллестиреди.
Азыўға жәрдем береди . Ерик денедеги артықша суўды тез шығарып таслайды ҳәм ас сиңириў процесин жақсылайды. Бирақ ерикти жүдә көп муғдарда пайдаланыў оның қурамындағы қумшекер ден саўлықтың төменлеўине себеп болады.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги