Антибиотиклерден өз басымшалық пенен пайдаланыў денениң басқа ағзаларының жумысына зыян жеткериўи мүмкин. Мағлыўматларға қарағанда , антибиотиклер, әсиресе, баўыр ҳәм бүйрекке күшли тәсир етиўи мумкин .
Швециялы илимпазлар тәрепинен өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде , бундай препаратларды қабыл еткен инсанларда 5-10 жыл ишинде колоректал рак раўажланыўының қәўипин көбейтеди.
Илимпазлар алты жыл даўамында жуўан ҳәм туўры ишек раги менен кеселленген 40 мың наўқасты бақлап , олардың өткен 10 жыл даўамында қанша муғдарда ҳәм қайсы антибиотиклерден пайдаланғани үйренген . Соның менен бирге антибиотиклерди қабыл еткен наўқасларда жуўан ишек рагиниң раўажланыўын анықлаған.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги