Аўқатланыў тәртиби текғана денсаўлығымызға емес, ал сыртқы көринисимизге де тәсир етеди.

Қумшекер ислеп шығарыўдың  заманагөй технологиялары оны пайдалы компонентлерсиз химиялық элементке айландырды. Алдынғы дәўирлерде қумшекер алынатуғын  өсимлик шийки заты витамин ҳәм тәбийғый  элементлердиң бир бөлегин өзинде  сақлап қалған.  Ол ўақытлары бүгингидей күшли тазалаў усылларынан өткерилмеген. Енди бул өним организм ушын зәрүр болған азықлық  элементлерден қуралмайды. Жоқары калориялық  қурамына қарамастан, ол тоқымаларда энергияниң  азайыўына алып келеди ҳәм асқазан, ишек дийўалларын бийтақатландырады. Қумшекер витамин ҳәм минераллардың сиңиўин  қыйынластырады ҳәм диареяга себеп болыўы мүмкин. Қанда глюкозаның артып кетиўи қан тамырлары ушын зыянлы болып, жоқары холестерин атеросклероз кеселлиги  раўажланыўын келтирип шығарады.

Аўқатланыўымызда әпиўайы қумшекердиң көплиги нормаль метаболизмди бузады ҳәм кислород жетиспеўшилигин  жүзеге келтиреди.  Буның ақыбетинде, клеткалар өлиминиң  қәўипи күшейеди. Ўақыт өтиўи менен организмде токсинлер дәрежеси артып,  патологиялардың раўажланыў қәўипи ҳәм териниң ерте қартайыўына алып келеди. Әлбетте,  булардың барлығы инсанның  сыртқы көринисине  де тәсир етеди.

Муслатдинова Фарида,

КМУ интернет журналистикасы бағдарының 4-курс студенти.

Қаракалпақстан хабар агентлиги