30-апрель күни мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – «Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша улыўма халықлық референдумы жәмлескенлик пенен болып өтти.
Конституциялық реформа – бүгинниң талабы, ертеңги күнниң кепили болып есапланады. Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепиллиги және де күшейтилип атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Қолайлы мийнет шараятында ислеў, әдил мийнет ҳақы төлеў, мәмлекет есабынан медициналық жәрдемниң кепилленген көлемине ийе болыў, қала қурылысы, бюджет тараўында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў сыяқлы ҳуқықлардың киргизилиўи пуқаралардың экономикалық ҳәм социаллық қорғалыўын және де күшейтеди.
Ертеңги күнимизди белгилейтуғын әҳмийетли ҳүжжет – Конституциямыз жаңа редакцияда қабылланыўы процесслерине ҳәмме жуўапкершилик пенен қатнаста болды. Референдумда даўыс бериўде пуқарадан баслап, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, соның ишинде, министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары да белсене қатнасты.
Өзбекстан Әдиллик министри Акбар Тошқулов референдумда қатнасып, елимиздиң раўажланыўы ушын даўыс берди.
– Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың даўамлылығын тәмийинлеўде беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди,-деди А.Тошқулов. – Ҳәр бир жаңа норма, бәринен бурын, инсан ҳәм оның ҳуқықларын кепиллеўге қаратылған.
Жаңаланып атырған Конституцияда инсан ҳуқықлары бағдарындағы нормалар дерлик үш есеге көбеймекте. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли екени, абырайы ҳәм қәдирине қол қатылмаслығы, ҳуқықлары менен еркинликлери тиккелей әмел етиўи, ҳеш кимге оның келисимисиз миннетлеме жүклениўи мүмкин емеслиги, инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажларының тең салмақлылық принципине тийкарланыўы, ҳәр ким өз шахсына байланыслы мағлыўматлардың қорғалыўы ҳуқықына ийе болыўы, ҳәр ким мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениўи, турақ жай ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәр ким турақ жайына қол қатылмаслығы ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәр ким өз ҳуқықлары менен еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы екени, шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емеслиги кепилленбекте.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмонов та барлық шаңарақ ағзалары, перзентлери менен бирге өз конституциялық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда пайтахтымыздағы 818-референдум участкасында даўыс берди.
– Конституция елимиз тарийхында биринши мәрте референдум арқалы қабыл етилмекте, – деди Иброҳим Абдураҳмонов. – Ҳәзирги күнге шекем әмелдеги Конституцияға 16 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, парламент дәрежесинде қабыл етилген болса, енди жаңаланып атырған Бас нызамымыз тиккелей пуқаралардың усыныслары тийкарында ислеп шығылып, халқымыз тәрепинен қабыл етилип атырған, тиккелей әмелге киргизилетуғын биринши ҳүжжетке айланып үлгерди. Мени қуўандырған жағдай сол, жаңа Нызамымыз ушын ҳәзирги сиясий процессте усыныслардың 70 проценти мәмлекет жаслары тәрепинен берилген.
Өзбекстан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов жаңаланып атырған Конституция бойынша референдумда қатнасып, Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районындағы 356-референдум участкасында даўыс берди.
– Бүгин референдумға шаңарағымыз бенен келдик. Екинши қызымның даўыс бериў процесинде биринши мәрте қатнасыўы,-дейди Ш.Шерматов. – Сайлаўлар, референдумлар ҳәр қандай жәмийетте демократиялық реформаларды системалы қәлиплестириўге үлс қосатуғын процесс.
Жаңа редакциядағы Конституцияда биринши мәрте интернет деген сөз қолланылды. Интернеттиң адамлар турмысы ушын зәрүрлиги Конституция дәрежесинде көрсетилмекте. Және бир әҳмийетли мәселе интернеттеги қандайда бир жазып сөйлесиўлер, жеке мағлыўматларға қол қатылмаслығын тәмийинлеў мәселеси де жаңа редакциядағы Конституцияда өз алдына көрсетилген. Себеби барған сайын адамлардың жеке мағлыўматлары интернетте көбейип кетпекте. Егер оны дурыс қорғайтуғын системаны жолға қоймасақ ертең халқымыз, исбилерменлерге, ҳәммемизге қыйын болады. Мине, усындай мәселелелер шешими үстинде излениў тараўымыз алдына үлкен ўазыйпаларды қояды.
Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Ботир Зокиров Әндижан қаласындағы 18-санлы улыўма билимлендириў мектебинде жайласқан 127-референдум участкасына барып, жаңа редакциядағы Конституциямыз ушын даўыс берди.
– Референдумда қатнасып, өз пуқаралық миннетимди орынладым,-дейди Б.Зокиров. – Себеби, сайлаўлар, референдумлар ҳәр қандай жәмийетте демократиялық реформаларды системалы қәлиплестириўге үлес қосатуғын процесс болып есапланады. Жаңа редакциядағы Конституция инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм мәмлекетимизди демократиялық раўажландырыў жолында ең әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Тийкарғы нызам текстинде инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери бир қатар алдыңғы нормалар менен күшейтилген.
Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Нуриддин устаз Холиқназаров ҳәзиретлери Ташкент қаласы Яккасарай районында жайласқан 576-референдум участкасына келип, референдумда қатнасты.
– Әлҳамдулиллаҳ, тарийхый ўақыяда қатнасыў бахтына еристик. Ол да болса, Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасының референдумында даўыс бериў күни болып табылады. Мен де мине, усы елдиң бир пуқарасы сыпатында, Ўатанды сүйиўши мусылман ретинде даўыс бериўде қатнастым. Ҳақыйқатында да, жәмийетте нызамлардың әҳмийети оғада үлкен. Әдалатлы нызамлар халықтың абаданлығы сондай-ақ, дүнья абатлығының тийкары. Соның ушын ҳәр бир елдиң пуқарасы жәмийетлик жумысларда белсенди болыўы, жақсылық бағдарында ҳәмме менен бирге ислесиўи керек. Алла таала Қуранда мусылманларды мақтап: «Олардың жумыслары өз-ара мәсләҳәт (пенен) болады», деп мәрҳамат еткен.
Балалар омбудсманы Алия Юнусова да референдумда өз даўысын берди.
– Кейинги алты жыл ишинде болса балалар мийнетиниң жоқарыда атап өтилген унамсыз ақыбетлерин инабатқа алған ҳалда бул бағдарда да унамлы өзгерислер әмелге асырылды ҳәм балалар мийнетинен толық ўаз кешилди,-деди А.Юнусова. – Әлбетте, бул бағдарда алып барылған сиясаттың артқа қайтпайтуғынын ҳуқықый жақтан кепиллеў әҳмийетли. Мен бүгин референдумда қатнасып, мине, усы кепиллик ушын даўыс бердим.
Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң баслығы Баҳром Шарипов Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының жойбары бойынша улыўма халықлық референдумда қатнасып, өз даўысын берди.
– Бул реформалар тек ғана барлық аўыл хожалығы тараўының ўәкиллерин емес, пүткил халқымыз мәплерин ойлаған ҳалда әмелге асырылмақта,-деди Б.Шарипов. – Референдум участкаларында пуқаралардың даўыс бериўде қатнасыўы ушын барлық шараят ҳәм имканиятлар жаратылған. Даўыс бериў процесслерин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ҳәм аккредитациядан өткерилген сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт елли ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери тиккелей бақлап бармақта.
Жиззақ ўәлаятының ҳәкими Эргаш Солиев Жиззақ қаласындағы 6-санлы улыўма билимлендириў мектебиндеги 39-референдум участкасында шаңарақ ағзалары менен даўыс берди.
– Мәмлекетимиздиң Бас нызамы – Конституциямыздың жаңа редакциясы бойынша өткерилип атырған референдумда мен де өз шаңарағым менен даўыс бердим,-дейди Жиззақ ўәлаяты ҳәкими Эргаш Солиев.- Кейинги 6 жылда Президентимиздиң басшылығында ҳәр бир тараўда әмелге асырылып атырған реформалар сапа жағынан өзиниң жарқын нәтийжелерин берип атырғанының гүўасы болып атырмыз. Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси – социаллық ҳәм улыўма барлық тараўларда анық көринбекте. Халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша, аўыл, мәҳәлле инфраструктураларын жаратыў бағдарында үлкен жумыслар орынланды. Тек ғана Жиззақ ўәлаятында өткен 2022-жыл даўамында 1 триллион 800 миллиард сумлық инвестициялық бағдарламалар әмелге асырылды. Усы жылы да алдымызда үлкен ўазыйпалар тур. Бул мәселелерди шешиўде ўәлаят басшысы сыпатында, бәринен бурын, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жәрдемге мүтәж пуқараларымызды кәмбағаллық дәрежесинен, бул бағдарда социаллық дәптерлер: «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен шығарыў бойынша да еле көп жумысларды әмелге асырыўды нәзерде тутқанбыз.
Наўайы ўәлаяты ҳәкими Нормат Турсунов Наўайы қаласындағы 6-референдум участкасына барып, даўыс берди.
– Бүгин өткерилип атырған референдум елимиздиң раўажланыўынан келип шығып атырған турмыслық зәрүрлик болып, әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы үлкен қәдем болып есапланады,-деди ўәлаят ҳәкими. – Бәринен бурын жаңа редакциядағы Конституциямыз бурын әмел етип келген «мәмлекет – жәмийет – инсан» принципин «инсан-жәмийет-мәмлекет» деп өзгертиў, яғный, бәринен бурын, инсан мәпин ҳәмме нәрседен үстин қойыўды мақсет еткен. Бүгин даўыс берип атырған ҳәр бир ўатанласымыз өзи, перзентлери ҳәм ақлықларының келешеги ушын даўыс бермекте.
Сондай-ақ, Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Э.Турдимов Самарқанд қаласындағы 42-улыўма орта билимлендириў мектебинде жайласқан 144-референдум участкасында, Бухара ўәлаяты ҳәкими Ботир Зарипов Бухара қаласындағы 49-референдум участкасында, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими Акмалжан Маҳмудалиев Гүлистан қаласындағы 15-референдум участкасында «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамында белгиленген талаплар тийкарында бириншилерден болып даўыс берди.
ӨзА