Референдум процесслерин халықаралық экспертлер, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери де бақлап бармақта. ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының ўәкили Александр Данченко референдум өткерилип атырған участкаларды көзден өткерди.

– Шөлкемлестириў жумыслары жоқары дәрежеде. Соның ушын халық участкаларда машқаласыз, еркин өз тилегин билдирмекте, – деди Александр Данченко. – Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси депутаты сыпатында жумыс алып бараман. Сол себепли ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының бақлаўшылары қатарына киргизилгенмен. Бақлаўшыларға да барлық шараят жаратылған. Орайлық сайлаў комиссиясы қәлеген барлық мәлимлемемизди усынбақта.

Әҳмийетлиси, адамлар референдумда белсендилик көрсетпекте. Олар өз келешеги жақсырақ болыўы ушын, буны түсинген ҳалда илажда қатнасып атырғаны сезилип тур.

Биз, яғный беларусь ҳәм өзбек халқы дослармыз. Бир-биримизге тек ғана жақсылық тилеймиз.

1983-жылы хызмет бабында Ферғанаға келгенмен. Сол ўақытта шөлистан деп көз алдыма келтирген жерим жап-жасыл екенин көрип тан қалдым. Бүгинги күнде болса Өзбекстанның бираз раўажланғанына гүўа болдым.

ӨзАның хабаршысы

Норгул АБДУРАИМОВА жазып алды.