Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайында өткерилетуғын медиа илажлар режесине муўапық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.

Брифингте «Өзбектелеком» акционерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикалық филиалының мәлимлеме хызметиниң баслығы Айбек Реймов шығып сөйлеп, референдумды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы референдумы өткерилетуғын улыўма 653 участканың барлығы «Өзбектелеком» акционерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен толық түрде жоқары тезликтеги телефон ҳәм интернет хызметлери менен тәмийинленди.

Соның ишинде, 651 участка сымлы байланыс, 1 участка радиокөпир, 1 участка жасалма жолдас (спутник) арқалы телекоммуникациялық хызметлерге жалғанды.

Барлық референдум участкалары «Өзбектелеком» акционерлик компаниясы ҳәм Орайлық сайлаў коммиссиясы арасында дүзилген шәртнама тийкарында тезлиги 4 Мб/секундтан кем болмаған тариф режелерине өткерилди.

Усы шәртнама тийкарында барлық референдум участкаларында тек ғана референдум ушын арналған elections.gov.uz сайтына кириў ушын рухсат берилген.

Референдум участкаларындағы телефон ҳәм интернет хызметлериниң үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде, филиалда Байланыс штабы дүзилген болып, онда қәнигелер тәрепинен саат 08:00 ден 20:00 ге шекемги аралықта участкаларға қоңыраў етиў арқалы қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Қала ҳәм районлардағы тармақларда ислеўши хызметкерлер ҳәр бир референдум участкаларына бекитилген болып, олар тәрепинен де қадағалаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул сиясий процесстиң әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда филиал басқармасында ислеўши қәнигелер 2023-жыл 28-апрель күнинен баслап барлық районларға хызмет сапарына жибериледи. Қәнигелер районларға барып, жергиликли ҳәкимиятлардың тийисли жуўаплы хызметкерлери менен ушырасып, референдумның жуўмақланыўына шекем районлардағы барлық участкаларды бир қатар көзден өткерип шығыўы белгиленген.

Брифинг соңында 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы Баспасөз орайының баслығы М.Қутлымуратов референдумды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша басқа министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша да брифинглер өткериў жобаластырылғанын және усы сиясий мапазға таярлық процесслерин FХҚ ўәкиллери менен биргеликте жедел түрде сәўлелендирип барыў бойынша усынысларын билдирди.

 

1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги