Қарақалпақстан Республикасы аймақларында соңғы жылларда суўдың там-тарыслығы бақланбақта. Есап-санақлар бойынша гидрологиялық жыл даўамында (1-октябрден 1-апрелге шекем) суў дәреклеринен алынған суўдың муғдарлары орташа көп жыллық мағлыўматларға салыстырғанда ақырғы 3 жыллықта 1 млрд. м3қа азайғанлығы бақланды.

– Ҳәммемиздиң хабарымыз бар, Аралбойы аймақларында егислик жерлердиң шорын жуўмай турып, кеўилдегидей өним алыў мүмкин емес,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары Б.Жүзбаев. – Сонлықтан, 2023-жылдың өними ушын 161 мың гектарлық майданда шор жуўыў ҳәм 127 мың гектарлық ғәлле, қыйтақ жер ҳәм басқа да майданларда суўғарыў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Сондай-ақ, бақланып атырған суў жетиспеўшилигиниң ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 10-майдағы 243-санлы қарары тийкарында суўдың жетип барыўы қыйын болған аймақларға суўды жеткериў, суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде жәми 374 дана, соннан 319 дана көшпели дизель, 55 дана киши қуўатлылықтағы электорнасослар сатып алынып, пайдаланыў ушын районлардағы ирригация бөлимлерине тарқатып берилди.

Бүгинги күнде Республикамыздың тийкарғы суў дәреги болған «Түйемойын» суў сақлағышында 2,5 млрд. м3 суўдың запасы бар.  Оған 410 м3/с. суў келип, 480 м3/с. суў шығарылмақта. Соннан, бүгинги күнде Тақыятас гидроузели алдына 86,5 м3/с. суў жетип келип, гидроузел алдына келген суўлардың муғдары тийкарынан арқа районлардағы ғәлле майданларын ҳәм үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын Кегейли ҳәм Қуўанышжарма  магистрал каналлары арқалы Нөкис, Кегейли ҳәм Шымбай  районларына гезеги менен бөлистирилмекте.




Алынған суў муғдарлары менен республика бойынша жәми 216 мың гектар (соннан 150 мың гектар 1-мәрте, 66 мың гектар
2-мәрте) майданда  шор жуўыў, 87  мың гектарлық ғәлле майданларында (60 мың гектар майданда 1-мәрте, 27 мың гектар майданда 2-мәрте) суўғарыў жумыслары алып барылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги