Жаңаланып атырған Конституцияға бағышланған үгит-нәсият илажларының гезектегиси Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында болып өтти.
“Референдум ҳәм жаслар” форумында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, сиясий партиялардың ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар бүгинги барлық ҳәрекетлеримиз инсан қәдирин арттырыўға қаратылғаны, Бас нызамға киргизилип атырған барлық өзгерислердиң негизинде де мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларды мазмун-мәнисин белгилеп бериўши “Инсан қәдири ушын” уллы идеясының жатырғанлығы айрықша атап өтилди. Әсиресе, Конституцияда жаслар мәселеси өз алдына бап болып,билимлендириў тараўын, оқытыўшының жәмийеттеги абырайын арттырыў белгиленип атырғанына айрықша тоқтап өтилди.
Жаңа Конституцияның 52-статьясында “Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, саламат, бәркамал әўладты қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў, руўхый ҳәм мәдений қәбилетин сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары сыпатында атап өтиледи. Мәмлекет оқытыўшылардың абырай-мәртебесин ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жақтан раўажланыўына ғамқорлық етеди”, деп көрсетилген.
Миллет ҳәм халықтың раўажланыўы, оның интеллектуаллық потенциалын арттырыў, ең дәслеп, оқыўтышылардың жумысына байланыслы. Соның ушын да бул норма менен муғаллимге шын мәнисинде “миллет қурыўшысы” статусы берилмекте. Устазлар ҳүрметке бөленген журт, әлбетте, раўажланады. Жаңа норма мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң мектеплер менен оқытыўшылардың жумысына тийкарсыз араласыўға, педагог кадрлардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатының кемситилиўине, олардың мийнетке мәжбүрлениўине, тәлим-тәрбия процесине тосқынлық етилиўине, оқытыўшылардың ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаслық бойынша комплексли илажларды көреди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған 685 мыңнан артық оқытыўшының мәмлекет тәрепинен профессионал өсиўи, социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатланыўының күшейтилиўи, олардың жәмийеттеги социаллық статусы менен абырайының буннан былай да артыўына хызмет етеди.
Форумда шығып сөйлеўшилер жасларды усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын сиясий процесске белсене қатнасыўға шақырды.
Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги