Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бирақ, соған қарамастан бүгинги турмысымызда шаңарақтағы айырым келиспеўшиликлер себепли, өз-ара некеден ажырасып, соңын ала өзиниң перзентлериниң тәрбиясына бийпәрўа инсанлар саны көбейип баратырғаны кимди болса да тәшўишке салады.
Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды тәрепинен усындай өз перзентлериниң күнделикли өмири ҳәм алдағы турмысына бийпәрўа болған әкеге қарсы жынаят иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.
Судта анықланған жағдайларға қарағанда, пуқара Г.Қ. пуқаралық ислер бойынша Беруний районлар аралық судының 2012-жыл 2-октябрьдеги пуқара Т.Ф ның қарамағындағы 2009-жыл ҳәм 2012-жылы туўылған еки перзентиниң тәмийнаты ушын 2012-жылдың 2-октябрь күнинен баслап, ҳәр айда дәраматының үштен бир бөлими муғдарындағы алимент өндириў ҳаққындағы суды буйрығының орынланыўын тәмийинлемей келген ҳәм жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының 2022-жыл 18-октябрдеги қарары менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 474-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылып, 15 суткаға қамаққа алыў жазасы менен жазаланған.
Тилекке қарсы, Г.Қ. өзине тайынланған жазадан тийисли жуўмақ шығармай, пуқара Т.Ф пайдасына 18 миллион 720 мың 899 сум алимент напақа пулларын төлеўден бас тартып келген.
Өткерилген суд процессинде судланыўшы Г.Қ. өзиниң айыплы екенлигин тән алып, суд тәрепинен белгиленген мүддетлерде жоқарыда атап өткен, жәми 18.720.899 сум алимент напақа пулларын пуқара Т.Ф. пайдасына толық қаплап берилди.
Суд Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 661-статьясына муўапық, ЖКниң 122-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер, ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткизилген зыянды толық сапластырса, өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкинлигин инабатқа алып, ҳәрекеттен тоқтатты.
Ата-аналар өз перзентлерин ержетпегенге шекем бағып, тәрбиялаўға миннетли екенлигин сезген ҳалда, бала тәрбиясына ҳәм материаллық тәмийнатына бийпәрўа болмаўы лазым.
О. Мауленов,
Жынаят ислери бойынша
Елликқала районы суды баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги