Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң қәнигелери қатнасыўында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жоқары оқыў орынларының студентлери арасында ғалабалық спорт ойынларын өткериў тәртибин филиал студент-жасларына кеңнен түсиндириў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

Илажда сөзге шыққан министрликтиң қәнигелери соңғы жылларда денетәрбиясы ҳәм спортты ғалабаластырыў ушын зәрүрли шараятларды жаратыў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Денетәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшы пуқаралардың санын буннан былай да көбейтиў мәселеси Жаңа Өзбекстан Ҳәрекетлер стратегиясында да өз сәўлелениўин тапқан. Атап айтқанда, денетәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғалланыўшылардың санын 2026-жылы 33 процентке жеткериў, жаслар арасында миллий спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, миллий олимпиада спорт ойынларын өткериў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, оны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, жеңимпазларды хошаметлеў ўазыйпалары белгиленген.

Илаж даўамында тараў қәнигелери спорт жарысларын өткериў, жарыстың мақсет ҳәм ўазыйпалары, спорт түрлери бойынша жарысларды шөлкемлестириў, қәбилетли спортшыларды анықлаў, оларды хошаметлеў тәртиби, спорт жарысларын қаржыландырыў дәреклери, талапнамаларды бериў мүддетлери бойынша кең түрде түсиник берип өтти.

– Биз жаслардың ғалабалық спорт шынығыўларына системалы түрде қамтып алыныўымыз, турмыста денетәрбиясы менен шуғылланыўды күнделикли әдетке айландырыўымыз нәтийжесинде денсаўлығымыздың келешекте де беккем болыўына хызмет етеди, -дейди грек-рим гүреси бағдарының 1-курс студенти Хажымухан Ибраимов. – Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигинен келген қәнигелердиң мағлыўматына қарағанда, быйылғы «Бес баслама олимпиадасы» беллесиўлери, ғалабалық спорт илажлары өткен жылға салыстырғанда ҳәр тәреплеме жаңа көринисте, жаңа форматта шөлкемлестирилмекте.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги