Усы жыл 28-апрель күни Нөкис қаласы Телеорай мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 61-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 120 орынға мөлшерленген 61-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының қурылысына 4 миллиард 431 миллион сум қаржы ажырытылып, «Айдос қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қысқа мүддетте сапалы етип питкерилди. Бул жерде балалар ушын барлық шараят жаратылған.







Ашылыў мәресими қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги