Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы көркем өнер музейиниң алдындаға майданда “Жаңа Конституция – халық дәртине қулақ түриўши мәмлекеттиң тийкары” атамасында үгит-нәсият болып өтти.
Онда түрли тараўларда мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, үй бийкелери, студент-жаслар , көше белсендилери қатнасты.
Ҳаял-қызларды ҳүрметлеў, оларға шараятлар менен имканиятлар жаратыў, жеңилликлер бериў мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдарларынан бири екенлиги атап өтилди. Бул жерде сөзге шыққанлар Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси өзлериниң күнделикли турмысында өз көринисин таўып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өмирдиң түрли қыйыншылықлары менен сынақларына дус келип, усындай реформалардың нәтийжесинде турмысының унамлы тәрепке өзгергенлиги, мәмлекетимизде жүз берип атырған жаңалықлар, инсан қәдириниң улығланыўы булардың барлығы жаңа Конституцияда өз көринисин тапқанлығын ҳәр бир шығып сөйлеўши мысаллар менен келтирип өтти. Сөзге шыққанлар бәршени болажақ референдумға белсене қатнасыўға шақырды.
Үгит-нәсият илажы көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери