Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизонында Конституциялық нызам жойбарына арналған үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары,  партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ўәкиллери, Жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының әскерий хызметкерлери, жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 30-апрель күни мәмлекетимизде үлкен сиясий процесс – Референдум болып өтеди. Жаңаланып атырған Конституцияда пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың дәрежеси бир неше мәрте арттырылмақта.

Конституцияда мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен инсанға байланыслы қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жеткиликли болыўы кереклиги беккемленип атыр. Нызамшылықта белгиленбеген миннетлеме ҳеш кимге өз келисимисиз жүклениўи мүмкин емеслиги белгиленип,  бул норма пуқараларымыздың турмысын және де жеңиллестиреди.

Илажда сөзге шыққанлар жаңаланып атырған Конституция Өзбекстан жәмийетиниң эволюциялық раўажланыўынан келип шығып атырған турмыслық зәрүрлик болып, бул мәмлекет, миллет ҳәм халық сыпатында кейинги қәдемлеримизди анықлап алыўымыз ушын оғада әҳмийетли мәселе,  әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы үлкен қәдем екенлигин айрықша атап өтти.



Илажда хызметкерлер де белсене қатнасып, пикир-усыныслар билдирилип, олар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Муслима Жиенбаева,

Айтгүл Казахбаева,

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң

Мәлимлеме хызмети қәнигелиги 2-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги