Нөкис қаласында «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышланып спорттың миллий гүрес түри бойынша 2009-2011-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳǝм қызлар арасында Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан бөлими бириншилиги болып өтти.

Оған республикамыздың барлық аймақларынан жас палўанлар қатнасып, 10 салмақ категориясында өз-ара беллесиўлер алып барды.

Халықаралық кураш қағыйдаларына муўапық өткерилген жарыс, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен тастыйықланған төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында 36 кг салмақта Әмиўдәрья районынан Адҳамбек Юсупов, 40-60 +60 кг салмақларда Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине қайта таярлаў орайы тәрбияланыўшылары  Айдос Жүсипов, Еркинбай Азирбаев, Атабек Жалеловлар, 44 кг да Нөкис районынан Заҳратдин Қурбанбаев, 48-56  кг да қараөзекли Бахтыяр Қалмуратов, Ақылбек Абдимуратовлар, 52 кг да қанлыкөлли Алишер Түркпенбаевлар алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.


Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде 40 кг салмақта Шымбай районынан Гүлзира Мәтмуратова, 48 кг да хожелиши Улбосын Нийетбаевалар чемпион атаныўға еристи.

-Бул жарысқа еки шәкиртимди алып келген едим,-дейди шымбайлы тренер Қаршыға Боранбаев.-Соннан 40 кг салмақта Гүлзира Мәтмуратова чемпион болыўға еристи. Екинши шәкиртиме бүгин әўмет күлип бақпады. Мен алдағы ўақытлары еле де көбирек таярланыўымыз кереклигин түсиндим ҳәм шәкиртлерим менен бирге шынығыўларға күш саламыз.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм  баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы