Бүгинги күнде «Өзбекстан – жаслар мәмлекети» деген ибара жийи-жийи айтылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей ғамхорлығы менен елимизде илим-билимге қуштар жаслар көплеп жетилисип шықпақта. Жаслардың жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсендилигин арттырыў мақсетинде өткерилип киятырған «Әҳмийетли бес баслама» илажлары өз нәтийжесин берип атыр. Бул илажларға Тарийх факультетиниң студент-жаслары да белсене қатнасып, өзлериниң билимге қуштарлығы, зийреклиги ҳәм уқыплылығы менен көзге түспекте. Солардың бири сыпатында факультетимизде қәбилетли жаслар қатнасыўында шөлкемлестирилген «Үлгили жаслар» клубы тәрепинен алып барылып атырған унамлы басламалар буның айқын мысалы.
Жақында усы клуб жанында «Жас илимпазлар» дөгереги өз жумысын баслаған еди. Соған қарамастан, бул дөгерек көплеген нәтийжелерге ериспекте. Дөгерекке факультетимиздиң 4-курс студенти, Президент стипендиясы ийеси Х.Утемуратова басшылық етеди.
Бул белсенди студентимиз басшылығында «Илим жолы» атлы онлайн мақалалар таңлаўы өткерилди. Таңлаўға Тарийх факультети студентлери менен бирге университеттиң басқа да факультетлеринен, сондай-ақ, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлери де өз мақалалары менен қатнасты.
26-апрель күни усы таңлаўдың жуўмағына бағышланып Тарийх факультетинде сыйлықлаў кешеси болып өтти. Кешени факультет деканы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент С.Сулайманов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде студент-жаслардың илим жолындағы имканиятларын ашып бериўде бул таңлаўдың тутқан әҳмийети, таңлаўға көплеген студентлердиң белсене қатнасқанлығы, таңлаўға келип түскен мақалаларды баҳалап барыўда факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм тьюторларының мийнетлери ҳаққында айтып өтти.
Солай етип, таңлаўдың «Ең жақсы илимий мақала» номинациясы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетиниң 2-а курс студенти М.Отарбаева, «Ең жақсы жас илимпаз» номинациясы бойынша Қурылыс факультетиниң 3-курс студенти Г.Удербаева, «Ғалаба хабар қуралларында ең белсенди жас илимпаз» номинациясы бойынша Юридика факультетиниң студенти Ҳ.Акмаловлар жеңимпаз деп табылды. Сондай-ақ, мазмунлы мақалалары менен көзге түскен басқа да бир қатар студентлер таңлаўдың белсенди қатнасыўшылары сыпатында мүнәсип баҳаланды. Кеше жуўмағында таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсенди қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары, сертификат ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Бахытгүл Есемуратова,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Тарийх факультетиниң тьюторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги