Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайында өткерилетуғын медиа илажлар режесине муўапық, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.
Брифингте Өзбекстан Республикасы референдумына таярлық көриў ҳәм өткериў ўақтында жәмийетлик тәртипти сақлаў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен алып барылған жумыслар бойынша басқармасының бөлим баслығы Жаңаберген Пиржанов мағлыўмат берди.
Айрықша жағдайлар хызметкерлери тәрепинен әмелий илажлар белгиленип, оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айрықша жағдай ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша қатнастырылатуғын күш ҳәм қуралларды орайласқан тәртипте басқарыў, оператив-профилактикалық илажларды өткериў ҳәм илажлар даўамында жүз берген ҳәр қандай мәселелерди өз ўақтында шешиў мақсетинде басқарма қасынан Оператив штаб шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан Республикасындағы 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы ҳәм 653 референдум участкалары қадағалаў тәртибинде толығы менен тексерип шығылып, анықланған кемшиликлер сапластырылып, таяр жағдайға келтирилген.
Республика аймағында референдум өткерилетуғын участкалардың әтирапында жайласқан 915 мәкеме-кәрхананың, 129 көп қабатлы турақ жайдың, 35 мың 901 пуқаралар турақ жайының өртке қарсы жағдайы тексерип шығылып, тийисли тәртипте ҳүжжетлестирилди. Ҳәр бир турақ жай ийелери менен өрттиң алдын алыў бойынша инструктажлар өткерилип, кең көлемли түсиник жумыслары алып барылды.
Ҳәзирги күнде референдум участкаларындағы электр тармақлары «Электр үскенелерин орнатыў қағыйдалары» талапларына муўапықластырылды, участкалар дәслепки өшириў әсбап-үскенелери менен толық тәмийинленди. Айрықша жағдай ҳәм өрт жүз бергенде инсанларды ҳәм материаллық байлықларды қутқарыў режеси ислеп шығылып, барлық қуткарыў есиклери ашық ҳалда қойылды, яғный участкалар таяр ҳалға келтирилди.
Айрықша жағдай ҳәм өрт қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр түрли көринистеги 653 дана инструкция ислеп шығылып, барлық участкаларға тарқатылды. Участкалардағы барлық жуўапкер хызметкерлер менен айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша түсиник жумыслары өткерилди.
Нәўбетши сменалар менен 134 өрт өшириў ушын мөлшерленген гидрантлар ҳәм 214 суў ҳәўизлери тексерип шығылып, насазлықлар өз орнында сапластырылыўына ерисилди. Жеке қурамның жаўынгерлигин арттырыў мақсетинде референдум өткерилетуғын ҳәм олардың әтирапында жайласқан орынларда 297 мәрте өрт-тактикалық шынығыўлар өткерилди.
Брифинг соңында 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы Баспасөз орайының баслығы М.Қутлымуратов референдумды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша басқа министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша да брифинглер өткериў жобаластырылғанын ҳәм усы сиясий мапазға таярлық процесслерин FХҚ ўәкиллери менен биргеликте жедел түрде сәўлелендирип барыў бойынша усынысларын билдирди.
1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги