Ана – дүньядағы ең әдиўли, ардақлы сөз. Ана қәдири ҳеш нәрсе менен өлшенбейди. Ҳақыйқый ана болыў аңсатлық пенен иске аса бермейди.

Ол бәринен бурын өз денсаўлығын қәстерлеп, өмирлик жолдасы менен татыў турмыс кешириўден басланады. Ананың денсаўлығының беккем болыўы бахытлы өмирдиң тиреги. Ана қуўанышы – өмир қуўанышы.

Ана өз перзентиниң денсаўлығын күшли ҳәм келешеги гөззал болыўына баласы дүньяға келгеннен баслап тийкар салыўы мүмкин. Ол – нәрестени ана сүти менен аўқатландырыў болып  табылады.

Ана сүти өзиниң сапалылығы ҳәм пайдалалылығы менен басқа аўқатлық затлардан жоқары турады. Ол сиңириўге жеңил ҳәм бала тәрепинен толық өзлестириледи. Оның қурамында тап сол нәресте ушын арнап таярланған сыяқлы азықлық затлар ҳәм жуқпалы кеселликлерден қорғаўшы витаминлер бар. Ана баласын емизип атырып жақсы дем алады ҳәм емизиўли бала ана менен тығыз байланыста, мийримли болып өседи.

Егер бала мал сүти ямаса сүтли араласпа менен аўқатландырылса оны үйден былай шыққанда нәресте менен бирге алып жүриўиңизге туўра келеди.  Бул жағдайда ол жаз айында тез бузылады, ал қыс айларында болса, ол тез музлап, суўыйды. Бирақ, ана сүтинде бундай машқала болмайды. Ана баланы қәлеген ўақытта жыллы, таза, таяр ана сүти менен емизе алады.

Сонлықтан, жаңа туўылған нәрестени 6 айға шекем тек ғана ана сүти менен, ал 3 жасқа шекем басқа азықлық затларға қосымша ана сүти менен аўқатландырыўды усыныс етиледи.

 Гүлхатиша Ерекеева,

Қанлыкөл районлық Медицина бирлеспеси туўыў бөлиминиң нәрестелер посты мийирбийкеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги