Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында “Әдалатлы жәмийет ушын даўыс беремиз!” сүрени астында үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда қатнасқан жоқары оқыў орнының студент-жасларына партияның “Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қанаты” ағзалары ҳәм волонтёрлары тәрепинен үгит-нәсият қураллары тарқатылып, жаңа Конституцияға байланыслы жанлы пикирлесиў ҳәм сораў-жуўаплар өткерилди.
Усыннан соң жаңа Конституцияның 79-статьясында белгиленген, яғный, мәмлекет жасларының жеке, сиёсий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықларының қорғалыўы, олардың билим алыўға, денсаўлығын тиклеўге, турақ жайға, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларының тәмийинлениўи ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги