Нөкис районындағы Руўхый-ағартыўшылық орайында «Ҳаял-қызларын ҳүрметлеген ел» сүрени тийкарында руўхый-ағартыўшылық ушырасыўы өткерилди.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Г. Халмуратова басқарып барды.
Онда Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий-изертлеў институты директорыныӊ орынбасары, педагогика илимлериниӊ докторы, профессор О.Мусурманова, Нөкис районы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаевалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды социаллық қорғаў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, жаңаланып атырған Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер туўралы кең түрде айтып ҳәм 30-апрель күни болып өтетуғын улыўмахалықлық референдумға белсене қатнасыўға шақырды.
Илажда аймақ турғынлары тәрепинен жаңаланып атырған Конституция жойбары бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы