Фирст Републиц Банк акциялары 49,38 процентке арзанлады. Бул банк акциялары саўдасы тарийхындағы ең төмен көрсеткиш болып есапланады. Бул ҳаққында CNBC хабар бермекте.

Биринши шеректе First Republic Bank’тиң қарыйдарлары 100 миллиард доллардан артық депозитлерди алып қойғаны ҳаққында хабар берилгеннен кейин усы төменлеў тенденциясы басланды.

Бул мағлыўматлардан кейин инвестордың банкке болған қызығыўшығы түсип кетти. Банк акциялары жыл басынан берли 93 процентке арзанлады.

Есабатқа бола, First Republic Bank депозитлери биринши шеректиӊ ақырында 40 процент — 104,5 миллиард долларға шекем қысқарды. 2022-жыл 31-декабрь жағдайына бола, ол 176,4 миллиард долларды қурады.

Банк пресс-релизде депозитлердиң үлкен муғдарда шығып кетиўинен соң, банк өз балансын қайтадан турақластырыў ушын “стратегиялық вариантларды көрип шығып атырғанын” билдирди.

 

Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги