(Photo by Robbie Jay Barratt – AMA/Getty Images)

Англия Премьер Лигасы 33-турының орайлық ойыны болып өтти. Онда ҳәзирги ўақытта онлайн кестеде биринши орында киятырған «Арсенал» командасы ҳәм оның изинен қуўып киятырған «Манчестер Сити» командасы өз-ара ойнады. Ойын майдан ийелериниң толық үстинлиги менен өтти. Сити командасы Арсеналға толығы менен ойын бермеди ҳәм 4:1 ири есапта жеңиўге еристи.

(Photo by Isaac Parkin – MCFC/Manchester City FC via Getty Images)

«Ман Сити» 4:1 «Арсенал»

Де Брюйне 7′, 54′, Стоунз 45+2′, Ҳолдинг 86′, Ҳоланд 90+5′.

(Photo by Alex Livesey – Danehouse/Getty Images)

Бул ойынның нәтийжеси менен онлайн дизимге қарайтуғын болсақ, Арсенал 75 упай топлап биринши орында, ал Манчестер Сити болса 73 упай менен қарсыласынан 2 упайға артта бармақта. Бирақ, еле Сити клубында қалдырылған еки ойын бар. Бул дегени, «Арсенал» менен «Манчестер Сити» арасында еле гүрес даўам етеди.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги