Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мәлим етиўинше, дүньяда жылына орташа 247 миллион адамға безгек анализи қойылмақта. Жәми кеселлениў көрсеткишлериниң 95 проценти ҳәм өлим жағдайларының 96 проценти Африка континетинде анықланған. Ең жаманы, аймақта усы инфекция ақыбетинде өмирден көз жумып атырғанлардың 80 проценти — бес жасқа шекемги балалар.

ЖДСШ баслығы Тедрос Гебрейесустыӊ айтқанындай, ҳәзир безгекке қарсы гүресиў қураллары бар. Бул бойынша профилактика, диагностика ҳәм емлеў усылларыныӊ нәтийжелиги тастыйықланған.

Тийкарынан, кеселликке қарсы шаншыў арқалы ҳәр жылы он мыңлаған балалардың өмирин сақлап қалыў мүмкин. Қалаберсе, инфекция тарқалған мәмлекетлерге көмек бериў жолы менен эпидемияны турақластырыў имканияты бар.

Мәселен, 2019-жылы сынақтан нәтийжели өткен безгекке қарсы биринши вакцина дерлик 30 жыллық излениўлер нәтийжесинде жаратылды. Ол кеселликтиң алдын алыўда қәўипсиз ҳәм нәтийжели екени дәлилленди. Буннан кейин бул шаншыў қуралы ЖДСШ тәрепинен 2021-жылы ғалабал қолланыў ушын усыныс етилди.

 

Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги