Төрткүл районындағы “Тинчлик” мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлле гүзары пайдаланыўға тапсырылды.

Елат халқының мүрәжатлары тыңланып, машқалалары шешилетуғын бул имаратта жыйын баслығы, оның кеңесгөйлери ҳәм басқа да хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги «Бюджет процесинде пуқаралардың белсенди қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарында, басламалы бюджеттиң 2022-жылдың 2-мәўсиминде жеңимпаз болған қурылыс аймақтағы ҳәким жәрдемшиси ҳәм халықтың аўызбиршилигиниң айқын көриниси болды.

Бул  Мәҳәлле гүзары  ашылыў мәресимине Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов  қатнасты ҳәм аймақ халқын жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлап, бул өзгерислер елимизде жүргизилип атырған ашықлық ҳәм жәриялылық приниципиниң айқын бир мысалы болып табылады,-деп атап өтти. Соның менен бирге аймақ халқын жәмийетимизде жүз берип атырған усындай жаңаланыўларға белсене қатнасып, өзлериниң пикир-усынысларын билдириўге шақырды.







Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы