Елимизде  исбилерменлик тараўын еле де кеңейтиў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын системаластырыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы имканиятларды жаратыў мақсетинде Қанлыкөл районында  «Исбилерменлер аллеясы» ның салтанатлы ашылыўы мәресими болды.

Онда район ҳәкими А.Ибрагимов, Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан республикасы басқармасы баслығы орынбасары М.Қосназаровлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа истиң басланыўы менен қутлықлап, жаңадан ашылып атырған  «Исбилерменлер аллеясы» ның атқаратуғын хызмети, ўазыйпасы ҳәм оның исбилерменлер жумысындағы әҳмийети ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар имараттың ишки имканиятлары менен жақыннан танысты ҳәм онда жаратылған шараятларға унамлы баҳалар берди.

Аллеяда исбилерменлер ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтқанда,  коммерциялық банк офислери, инвесторлардың бизнес жойбарларын додалаў ҳәм де “Б 2 Б” ушырасыўлары ушын арнаўлы ханалар, Wi-fi зоналары шөлкемлестирилген.









Сондай-ақ, имараттың ашылыў салтанатында районның бир қатар ислеп шығарыўшылары ҳәм өнерментлери тәрепинен өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы