Ҳәзирги ўақытта Ташкент халықаралық инвестициялық форумы басланыў алдында. «Tashkent City» Халықаралық бизнес орайы Конгресс-холлында қызғын орталық ҳүким сүрмекте. Қатнасыўшылар быйылғы конференция оғада жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтпекте. Себеби, Өзбекстанда абырайлы халықаралық конференцияларды өткериў тәжирийбесине ийе.

Илаж ҳаққында алдыннан материал таярлаў, процесин тиккелей бақлап, сәўлелендирип барыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де таяр тур.


Исбилерменлик топар ўәкиллери, ўақыттан үнемли пайдаланған ҳалда, өз-ара сәўбетлесип атыр, бул келеси бирге ислесиўди және де беккемлеўге тийкар жарататуғыны тәбийғый.

Пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң итибарында болып турғаны бул конференция тарийхый ўақыяға айланатуғыны сөзсиз. Ташкент көплеген жаңа халықаралық инвестициялық жойбарларды муўапықластырыў ушын майданға айланады.



Форум шеңберинде жалпы ҳәм секция мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, презентация, брифинглер өткерилиўи нәзерде тутылған.

Еки күн даўам ететуғын илаж елимизде сырт елли инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат берип, бирге ислесиўди өзгеше бағдарлар менен жақыннан таныстырыўға хызмет етеди.

Толық мағлыўматларды сайтымыз арқалы бақлап барыўыңызды усыныс етемиз.

Б.Худойбердиев,

Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА