Оған бола:

– банклерге рәсмий дәраматқа ийе болмаған шахсларға ипотека кредитин ажыратыўда олардың төлем қәбилетин анықлаўдың альтернатив усылларынан пайдаланыўға, соның ишинде, қарыз алыўшылардың банк картасы айланысы, ижара, коммунал ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қәрежетлерди есапқа алыўшы скоринг системасы енгизиледи;

– банклерге қарыз алыўшы тәрепинен төленген дәслепки төлем муғдары, жеңиллетилген дәўир мүддети ҳәм басқа көрсеткишлерден келип шығып, субсидиясыз ажыратылатуғын ипотека кредитлери бойынша дифференциалластырылған процент ставкаларын орнатыў ҳуқықы бериледи;

– профессионал билимлендириў шөлкемлериниң инженерлик, қайта ислеў ҳәм қурылыс тараўларындағы арнаўлы пәнлер бойынша сабақ берип атырған оқыў әмелиятын өткерип атырған оқытыўшылар ҳәм өндирис тәлим усталарына жеңиллетилген шәртлерде субсидия хабарнамаларын бериў тәртиби енгизиледи;

– турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын алынатуғын ипотека кредитлери бойынша берилген субсидия усыныў ҳаққындағы хабарлардың әмел етиў мүддети 4 ай етип белгиленеди;

– 2023-жыл ушын ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыўға байланыслы арзалар тастыйықланған параметрлер шеңберинде 2023-жыл 1-майдан 2023-жыл 1-декабрьге шекем қабыл етиледи;

– Экономика ҳәм қаржы министрлигине «Халықшыл» комиссиялардың мәлимлемесине тийкарланып қәте ажыратылған деп табылған субсидия хабарларды программалық тәмийнаттан тиккелей бийкарлаў ҳәм төлемлерди тоқтатыў ҳуқықы бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги