ФИФА президенти Жанни Инфантино усы жылдың 5-6-май күнлери Өзбекстанға келеди.

Бул ҳаққында Өзбекстан футбол ассоциациясының баспасөз хызмети хабар берди.

Онда айтылыўынша, елимизде футболды ғалаба ен жайдырыў жолында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў ҳәм мәмлекетимизде миллионлар ойынын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы бирге ислесиў жойбарларын додалаў нәзерде тутылған.

Жанни Инфантино басшылығындағы делегация сапары даўамында мәмлекетимизде ФИФА менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған сайланды командалар базасын («Дўстлик») көзден өткериў, Өзбекстан футбол ассоциациясы жуўапкерлери менен рәсмий ушырасыў өткериўи режелестирилмекте.

Т.Рўзиев, ӨзА