Елимизде «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламаларының орынланыўы шеңберинде аймақларда жол-транспорт инфраструктурасын жақсылаў, социаллық тараў объектлерин қурыў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, улыўма, халықтың жасаў шараятын жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Мойнақ районында да усы бағдарламалар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар өзиниң нәтийжесин бермекте. Президентимиздиң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда жаңа басқышты баслап берди ҳәм жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет етеди.

Мойнақ районындағы Мойнақ мәҳәллеси ҳәм Мәдели аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Шеге аўылы өткен жылы «Абат аўыл» Мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген еди.

Бағдарлама шеңберинде Мойнақ МПЖ аймағында 8 объектте 2 миллиард 717,8 миллион сумлық жумыс алып барылды.

Мәҳәлле пуқаралар жыйыны имаратын қурыўға 460 миллион сум муғдарда қаржы жумсалған. Сондай-ақ, мәҳәлле аймағында 200  миллион сумға 1,3 километрде пиядалар жүриў жолын қурыў, 631 миллион сумға 2,1 километр ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасын төгиў, 618 миллион сумға байланыс линияларын тартыў, электр ҳәм газ тармақларында оңлаў, 349,8 миллион сум аймақтағы халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде ҳәм 157 миллион сумға базар инфраструктураларын қурыў жумыслары әмелге асырылды.

Мәдели аўыл пуқаралар жыйынында 1 миллиард 624 миллион миллион сумға ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасын төгиў, 420 миллион сумға шамалас қаржы суўды дузсызландырыў (ЭКОС) станциясын жаңадан қурыў, 543 миллион сумға электр, газ ҳәм байланыс тармақларын тартыў ҳәм оңлаў, 175 миллион сумға пиядалар жүриў жолын қурыў, 140 миллион сумға түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў, 175 миллион сумға саўда ҳәм турмыс хызметин көрсетиў шақапшаларында оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Президентимиздиң 2023-жыл март айындағы пәрманы тийкарында тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламаға бола, басламалы бюджет әмелиятын ҳәм мәҳәллелердиң қаржылай еркинлигин кеңейтиў мақсетинде быйылғы жылы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилетуғын жойбарлар қатарына «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары да киргизилип, Қарақалпақстан Республикасында оларды қаржыландырыў ушын 201 миллиард сум қаратылмақта.

Мойнақ районында «Open budget» порталы арқалы быйылғы жылдың февраль-апрель айлары аралығында өткерилген таңлаўда пуқаралардың басламалары фондынан жәмийетшиликтиң пикири тийкарында жеңимпаз болған бес жойбарға қаржылар ажыратылды. Атап айтқанда, 3-санлы мектептиң спорт майданшасына киши футбол ушын жасыл қапламалы (газон) волейбол, баскетбол майданшаларын қурыў ҳәм спорт үскенелери менен тәмийинлеў ушын 1 миллиард 200 миллион сум,  Таллы өзек мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан кәсип-өнер мектебине оқыўшыларға арналған автодромды ири оңлаў ушын 700 миллион сум,  қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Мойнақ районы қәнигелестирилген мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде ханаларды смарт (интерактив) доскалар, кондиционерлер, реңли принтер ҳәм басқа да инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын 600 миллион сум, Арал мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 2-санлы мектепке оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў ханалары ушын инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын 263 миллион сумнан аслам ҳәм Мәдели аўыл пуқаралар жыйыны Шеге аўылы турғынларының қыйтақ жерлерин суўғарыў мақсетинде суў насосы алыў ушын  200 миллион сум қаржы ажыратылды.

Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң берген мағлыўматларына қарағанда, быйыл «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары «Ашық бюджет» порталында жәмийетшиликтиң пикири ҳәм топланған даўыслар тийкарында қаржыландырылады. Буның ушын Экономика ҳәм қаржы министрлиги үш ай ишинде қаржыландырыўдың нәтийжели системасын жаратыў ҳәм әмелиятқа киргизиў илажларын көреди. Бунда даўыс бериў процесин қалыс ҳәм ҳәкимшилик араласыўысыз шөлкемлестириўдиң анық механизмлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылады.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы