Елимизде соңғы жыллары исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен көплеген пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, кең имканиятлар жаратылмақта.
Төрткүл районы Марказабад мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жанадан шөлкемлестирилген “MUSA RUSTAMOV SHIRINLIKLARI” шаңарақлық кәрханасы баслығы Қундыз Нурумбетова ҳәким жәрдемшиси Акмалжан Кучкаровтың жәрдеминде 33 млн муғдарында жеңилликли кредит алыўға миясар болды.
-Мен өзимиң бәнтлигимди тәмийинлеў ҳәм хожалығыма дәрамат табыў мақсетинде, усы жылдың 24-февраль күни нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхана шөлкемлестирдим -дейди Қундыз Нурумбетова.- Кәрханада жумысымды және де раўажландырыў ушын ҳәким жәрдемшиси Акмалжанға мүрәжат еткен едим. Ол мениң ис режелерим менен танысып, акционерлик коммерциялық «Агробанк»тиң районлық филиалынан «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 33 миллион сум муғдарында кредит алыўда әмелий жәрдем көрсетти. Келешектеги мақсетим, исбилерменликти және де раўажландырып, районымыз жасларының бәнтлигин тәмийинлеўге өз үлесимди қосыў болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы