Соңғы жыллары елимизде социаллық инфраструктураны жақсылаў бойынша көплеген әмелий жумыслар әмелге асырылып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги “Мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы  ПҚ-408-санлы қарарына тийкарланып,  Бозатаў районы  Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында узынлығы 15 км улыўма сметалық баҳасы 3 млрд 750 млн сумлық ишимлик суў тармақларын реконструкциялаў белгиленген.




Бул жумыслар «Бўстон сув қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ағзалары тәрепинен алып барылмақта.  Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң Бозатаў районы орайында жайласқан ишимлик суўы тармағы жаңаланып, суўдың үйлерге жетип барыўы жақсыланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы