Хожели районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында “Мениң мәҳәллем-мениң судьям” жойбары шеңберинде бир қатар ушырасыўлар өткерилип, халықты бүгинги күни қыйнап киятырған машқалалар, аймақта жүз берип атырған жынаятлар додадаланып, оны сапластырыў илажлары көрилмекте.
Гезектеги мине усындай ушырасыў райондағы Абат мәкан пуқаралар жыйынында болып, онда аймақ турғынлары менен биргеликте ишки ислер, медицина бирлеспеси, халық билимлендириў бөлиминиң ўәкиллери қатнасты.
“Жаңаланған конституция ҳǝм нызамшылыққа киргизилген ɵзгерислердиң ǝҳмийети” атамасында өткерилген ушырасыўда тийкарынан усы жылдың 30-апрель күни болып ѳтетуғын улыўмахалықлық референдумда Ѳзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы, оған киргизилип атырған жаңа ѳзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди. Сондай-ақ, ушырасыўда Ѳзбекстан Республикасының 2023-жыл 27-марттағы “Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын атқарыўына тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик күшейтирилиўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине қосымшалар ҳәм ѳзгертиўлер киргизииў ҳаққында”ғы, “Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық еткенлик ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамларының мазмуны ҳәм әхмийети ҳаққында сѳз болды. Онда қатнасыўшыларға усы Нызамлар менен педагог ҳәм медицина хызметкерлериниң нызамлы ҳуқықлары менен мәплери нызам менен қатаң қорғалатуғынлығы түсиндирилди.
Ушырасыў қатнасыўшылары ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
И.АЛЛАНИЯЗОВ,
Жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги